⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАЙ I

Қарақалпақша

ат. Бир нәрседен тийисли бөлек, зат, үлес, бөлим. Шийки гөштен пай жибердик (Т.Қайыпбергенов). Напақа түўесилиўге қарағанда улы ушын өзиниң пайын гизнеп, ҳеш нәрсе жемеген Ақбийдай бирден қулады, ҳәтте лоқсытып қан қусты (Т.Қайыпбергенов). Табысларын теппе-тең бөлисип, ҳәр ким пайын ашалы жыңгыл жормалларға илдирип қайтты (Т.Қайыпбергенов). Жер бир пай, көлик бир пай, туқым бир пай, жарлының жазы мененги мийнети бир пай (Н.Дәўқараев). 0 Пай бермеў — күш бермеў, зорлық қылыў. Бизлер тийисли жер, суў, өрис пишенликлерди талап қылсаң, әмелларлар пай бермейди (Қ.Ерманов).