ПАЙ II
Қарақалпақша
т.с. Өкиништи, күйиништи билдиретуғын таңлақ сөз.
Пай, бизиң усы апам бар-шет түсинбейди-аў (Ө.Хожаниязов).
Пай, усталаў адам болса жақсы болар еди (Т.Қайыпбергенов).
0 Па-ай — а) рәҳәтлениў, қанаатланыў.
Оған салсаң басқаны мың аўыз сөз айтып ақыл бергенинен, қыздың бир тил татқаны артық, пай-пай, мухаббат түрлеп турған отсан-аў, лаўла-лаўла (Ө.Хожаниязов).
б) қыйналыў, күйиниў, ашыныў.
Пай, Гүлайшаның үйине барыўға болмайды-дә, — деди өзинше (Т.Қайыпбергенов).
Пай, сениң орнына өзим жигит болмағанымда бар ғой (С.Бахадырова).