⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАЙЫТ

Қарақалпақша

р. 1. Рет, қолай, қайым. Тапқан ҳақыйқатларын пайыты келген сайын әсте-әсте ойға шығарып, иске орната баслады (С.Мәжитов). Бир күни пайыты келип, сол аўылдың жигит-қызлары менен ғештекке қатнасты (Т.Қайыпбергенов). 2. Ўақыт, мезгил. Бәҳәр пайытын көпке хабарлап, Мектебинде желбиретер флаг, Ойнар пәшек гүлин сығалап қозышақ, ылақ (Т.Сейтжанов). Ийт қанша үлкен ҳәм күшли болғаны менен, өз жаўы пышыққа жеткен ўақытларында басқа илажы қалмаған пышық жүнлерин үрпейтип, пышыққа қарсы қарап турып қалған пайытта оған ийт хеш илаж ете алмайды (А.Садықов). Бул пайытларда Қулымбет болыс базардан өзи түскен шарбаққа қайтқан еди (К.Кәримов). Песин пайытында буннан еки-үш күн бурын қозғалаң болып өткен Таллық өзегиниң бойында иркилген атлылар үш топарға бөлинди (К.Кәримов).