⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАРТ

Қарақалпақша

парт болыў ф. 1. Отқа күйиў, жаныў, өртениў. Мени салдың жанған отқа, Өкпемди ҳәм болып парт, Кем тасладың бизди артқа, Сөйтип бизден өттиң, дәўран (Бердақ). Парт болды, жаным, гәпиме исен, Минекей гилти, атында кисен (Т.Жумамуратов). 2. Күйип-жаныў, парты шығыў, қыйналыў, шыжа-пыжа болыў. Мениң күйип-жанып парт болып отырғаным да сол ғой (Ө.Хожаниязов). Өтемис ағаның әбден парты шықты (А.Әбдиев). Енди не қылайын, күйип партым шығып жанымнан тойып кетемен! (А.Садықов). 0 Парта-парта шығыў — атылып шығыў, парт етип шығыў, шоррыйыў. Мәрт күшине шыдамай еки көзи көк жалдың парта-парта шығыпты («Алпамыс»). Парт етиў — қатты заттың сынғандағы шығарған даўысы, сеси.