ПАССЫҚ
Қарақалпақша
кел. 1. Келиспеген, мәниссиз, өтирик, керексиз.
Мениң сөзимди пассыққа шығармаң, көзим менен көрдим (А.Бекимбетов).
2. Ладан, жаман.
Пассықтың сөзине инанып, Достың кәулин қалдырма, Көрмеген жерде тек отыр, Душпанға сырың алдырма («Мәспатша»).
— Балам, ондай пассық ойды мийиңнен шығар, — деди ол маған (М.Нызанов).
Күни менен пассық ойларға барғаным ушын иш-ишимнен уялып кеттим (М.Нызанов).