ПАШШАЙЫ
Қарақалпақша
ат. Ала жолақ нағыслы жипек гезлеме, материал.
Үстилерине ҳәр қайсысы, ҳәр түсли етип пашшайы, айдынлы, жупқа, мәдәли көйлеклер кийип алған қызлар (Қ.Ерманов).
Ананың көксине тийген қып-қызыл қан пашшайы көйлекке жайылып кетти де, еси кетип ентиғип қалған кемпир бирден еңиреп жылап жиберди (К.Мәмбетов).
Шайырдың әкесин ҳәзир босатып, ийнине пашшайы шапан жабыңлар! — деп буйырыпты (Т.Қайыпбергенов).