⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАЯН

Қарақалпақша

ат. 1. Турақлы пана, турақлы пайда. Сен оған аш көзиңди тикпе, саған паян болмайды (А.Бекимбетов). Ата журты Түркистан, онда да паян етпеди (Жийен жыраў). 2. Нәтийже, ақыбет. Досларсыз паяны болмас дүньяның, Ҳеш ким оған еки туўып, бир қалмас (И.Юсупов). Бул дүнья паныйдур, паяны жоқтыр, Мөхминлерге оның шадлығы жоқты (Бердақ).