⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПЕРДЕ I

Қарақалпақша

ат. 1. Есик, айна, сахнаға керип тутылып қойылатуғын гезлеме, шымылдық, зат. Айнаның пердесинен Кәраматдиин мойнын созып қарады (Ж.Аймурзаев). Мен отырмастан асхананың қалың пердесин түсирдим (М.Нызанов). 2. Театр. Балеттиң, операның, драманың бөлими, акт. Пердениң қосылған жеринен сәтең кийинген биреў зоңқ етип шықты да, бизлерге «Теңин тапқан қыз» деген пьесаны көрсететуғынын айтып, рольлерде ойнайтуғынлардың дизимин оқыды (М.Нызанов). 3. аўыс. Бир нәрсенин жуқа қабыршағы, қабаты. Әдилбектиң еки қулағы еситпейди, бомбадан қулағының перделери жыртылып кеткен (М.Нызанов). Түннин қойыў пердесин как айырып, айлананың сырын билетуғын шырашы жол баслап киятыр (Т.Қайыпбергенов). Бет пердесин ашыў — сырын алыў, әшкаралаў.