⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПИСИЎ I

Қарақалпақша

ф. 1. Желинетуғын, ишилетуғын заттың қайнатылыў жеўге тайын болыўы. Оған чай қайнатып алдына нан, конфет, пискен мәйек қойдым (А.Бекимбетов). Қазанда жарма писип тур (К.Айымбетов). Тамақ писти, келе қойың! — деген даўыс еситилди (Ә.Атажанов). 2. Мийўе яки басқа өсимликлердиң өсип жетилисип зүрәөтиниң жыйналатуғын халға келиўи, қуўраўы, кебиўи, пискен ҳалатқа жетиўи. Қоңырат жакларында да ҳәр жылы талай жерлерди суў алып кетеди, писип турған егинлер суў астына кетеди (Қ.Ерманов). 3. аўыс. Жетилиў, кәмалына келиў, шынығыў. Бир күни Кетенлер ханның ержетип писип отырған сулыў қызы менен танысады (Қ.Айымбетов). 0 Пырқына писиў — ислеп қыйналыў, шаршаў, болдырыў. Пырқына писип қара тер болған екенмен (Ж.Аймурзаев). Асы писпеў — аўыс. қызғаныў, қыйналыў, бүрисиў. Берместиң асы писпес, қазаны оттан түспес (ққ.х.н.). Иши писиў — жалығыў, зеригиў. Бир күни үйде отырып ишим писип кетти (Ө.Айжанов). Торлап писиў — а) палыз егинлериниң торлап писиўи. Олар ҳә демей торлап пискен үлкен төрт қабақты көтерип қайтты (А.Бекимбетов). б) аўыс. адамлардың шынығыўы, көнлигиўи. Ылай писиў — ылайдың басқыланып, ийленип пайдаланыўға тайын болыўи. Ылайы жаман писти ме, куйған гүзеңниң, ҳей гүлал, Не ушын сындырасаң бир ислегеннен кейин (И.Юсупов). Дәслепки ылай саққыздай жуп-жумсақ болып писти (Ә.Атажанов). Егин писик — егинлердиң пискен ўақыты. Егин писик күнлери атыз-шеллерди аралады (Қ.Айымбетов). Күйип-писиў — қыйналыў, шыжа-пыжа болыў.