⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПОРСЫҚ

Қарақалпақша

ат. Жыртқыш ҳайўан, сасық, жабайы ҳайўан. Кейнинде порсық тери, түлки тери, сағал тери деп план салды (М.Нызанов). Жас бий Есенгелди бийдиң узын-шубай әңгимесиниң гәсин еситип, гәсин еситпей, көл ултанынан дүр-дүр ушкан қырғаўылларға, жол бойынан базда бир жылт етип қашқан порсықлар менен сағалларға қарап, қыялында соларды қуўып, өзинше ойнап киятыр (Т.Қайыпбергенов). Обалы неге керек, Мәлийка тәўип те кишкенесинен кем пәрмана болған жоқ: биресе тарыдан булаў ислеп, биресе порсықтың шыны майын таўып келип, басында түнлерде гүзетип отырып шықты (А.Садықов).