⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПОСТЫН

Қарақалпақша

ат. Териден тигилген сырт кийим, узын жыллы тон. Бийтке өкпелеп постынды отқа салыўға болмайды, — депти жолаўшының биреўи (Ж.Аймурзаев). Қой тери постын кийип, Белиңди мәккем байлап ал (Әжинияз). Исмайыл сыртқы есиктен шығыў менен-ақ, үстине де қасқыр терисинен тигилген келте постын, басына қундыз бөрик кийинип алған, аяғына кийген узын қонышлы телетин етиги менен қарды ғыршылдатып басып... (К.Мәмбетов). Бир күни Кеминениң алба-далба, жамаў-жамаў постын кийип келгенинде, сөзден утпақшы болып, «Кемине үстиңдеги постынды қашан тиктирдиң?» — дейди (Т.Қайыпбергенов).