ПУҚАРА
Қарақалпақша
ат. 1. Жайдары халық.
— Сөйтип, «патшадан ҳәмир болса, пуқараға не турыс», бизиң қәрекеңлер ат деғен соң шыдатсын ба, сүўрет-пүўретине қарамай, пытырлатып атып таслапты (М.Нызанов).
Думан басты аспан, жерди, Пуқараға жаз келер ме? (Бердақ).
2. Бир мәмлекетке қараслы халық.
Ерназар аталық Хийўа жағында, Алдап пуқарасын қырған яранлар (С.Нурымбетов).
Олар Киев Русы князлигиниң пуқаралары есапланып, рус ләшкерлери менен биргеликте хәр қыйлы сыртқы жаўларға қарсы урысқа қатнасып турған (Т.Қайыпбергенов).
Бул аңыздың айтылыўына қарағанда хан өз пуқараларын көрмекши болып, ел аралап жүргенде, бир үйге кире берген жеринде бир хаял отаўдын ишинде турып: «Хан да болсаң келсапты алып кел», — деп айтқан (К.Мәмбетов).