ПЫСҚЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Шала жаныў, түтеў, сасыў.
Ол пысқый береди, пысқый береди, ең ақырында адамның көзин аштырмай таслайды (Т.Қайыпбергенов).
Пысқып ғана жанады, ошақтың қоламтасы (И.Юсупов).
Енди бул жердиң бәри түтинлик салынғандай пысқып турыпты (К.Мәмбетов).
Геўгим қараңғылығын жақтыртқан ушқынлар пысқыған түтинге араласып аспанда «жүрип» сөнеди (Т.Қайыпбергенов).
Пысқып атырған түтинди көрип жуўырып-ақ келди (Т.Қайыпбергенов).
Өрттен кейинги қап-қара түбирлердин пысқыўын қан тамшылары өширип жатты (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Күйиў, қыйналыў.
Иши-баўыры дәрт қайғысы менен пысқып жылағым келди (Ө.Хожаниязов).