⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘЙНЕК

Қарақалпақша

ат. Пышақ, қанжар, қылыш усаған әсбаплар қынының ушына кийдирип қойылатуғын, қынды тесилиўден сақлайтуғын металл ушлық. 0 Пәйнекке қашыў — Кейиплениў, ҳәзликке қашыў. Соң бир ақ шүберек пенен сүзип, оны басына сапыйын етип жапты, мүлгип қалғып пәйнекке қашты (Ө.Хожаниязов). Бай пәйнекке қашыңқырап отыр еди (М.Нызанов). Гүмбирлеген ақ отаўдың ишинде, соңғы жас тоқалға аяғын уўқалатып, рәс тирейикти тилдиң астына таслап, пәйнекке қашып отырған сақалы аппақ Арзының келген жуўмағы усы болды (А.Садықов). Пәйнекке жаңа қашқан ғарры байдың басы артындағы керегеге сарт етип, ес-түссиз қалды (Т.Қайыпбергенов).