⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘЛЕК I

Қарақалпақша

ат. Қаўын, ғарбыз, суўқабақ, асқабақ, туқымдас өсимликлердиң пақалы, жапырағы. Таза пәлек арасынан, үзген секерпарасы бар (И.Юсупов). Соңғылығында бул пәлеклер сол ғаўлап тутасыўы менен түйнек салмаған қалында, гүзге таман шырынжа түсип, дағалланып, сарғайып қалады (У.Пиржанов). Сол күнлери олардың ғаўлаған пәлеклердиң арасында қәр бириниң өз алдына шөп бастырып қойған «торнабат»лары да болатуғын еди (У.Пиржанов).