ПӘЛЕН
Қарақалпақша
ал.
Анық емес шаманы, орынды, мөлшерди билдиретуғын алмасық сөз.
Жаўды пәлен қалада қуўдық (К.Султанов).
Жөнекей сен бизиң үйге бар, пәлен жерле турады (Қ.Айымбетов).
Бул келгенде ол «өзиниң инсапсызлық қылып, бир ўақытлары Асқарды дүкендағы әкесиниң үлесинен мақрум қылғанын, бул айыбы ушын өмиринше пушайман жеп киятырғанын, енди болса пәлен пул туратуғын сол мүлкти Асқарға жары пулына бермекши екенлигин» айтыўға келди (К.Кәримов).
Ол жағын «пәлен» деп анық айтыў мүмкин (К.Кәримов).