⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘМ

Қарақалпақша

ат. 1. Ақыл, сезим, ой, мазмун, мәни, түсиник, ес. Жақсының пәм әйле сөйлеген сөзден, Жаманның парқы көп қас пенен көзден (Әжинияз). Кеш песинде оянып көзин ашты да, таў үстинде әлле кимлердиң тасқа шақ-шуқ балға урып атырғанын еситип, қуўғыншылар қамалаған екен деген пәм менен ушып-ақ түргелди (Т.Қайыпбергенов). 2. Белгили дәрежедеги шама, хал, ҳал-қуўат. 0 Пәми алысыў — түсиниў, билиў, анлаў. Шамасы қайсы Мухаммед екенлигине пәми алыспағандай (К.Мәмбетов). Жасым сеннен енепаттай үлкен болса да, көп нәрселерге соншели пәмим алыспайтуғынын енди уқтым (Т.Қайыпбергенов). Көп нәрсеге пәмим алысады (Т.Қайыпбергенов).