⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘНЖЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Қустың аяқ ҳәм тырнақлары. Көрген түсим. Ғайыптан бир қус келип, пәнжесине бүрип, тас төбесинен таслады («Алпамыс»). Шымшықбүркитке пәнжеўрады (ққ.х.н.). 2. Қол ҳәм қолдың бармақлары. Қылыш услаған қоллардың пәнжеси де босасып кетти (К.Султанов). Ақ билегин сыбанып, Байталға пәнже салады («Ер Зийўар»). Қуўырдақшылардың ошағының алдына келгенде сол желкесинен биреў пәнжесин салып услап алады (Н.Дәуқараев). Сажида келди де Гүлшийраның шашына пәнже салды (М.Нызанов). Алакөз ойланып турмай тәп берип пәнже урып еди, ол буннан да шаққанлық етип, қылышы менен Алакөздиң басына қойып салды (Т.Қайыпбергенов). Еки пәнжени кегирдекке салып мыжғылап, қылғындырып атыр (А.Әбдиев).