САЎҒА
Қарақалпақша
ат. 1. Сый, сыйлық, сыбаға.
Гүлзада, Мәтенниң саған алып келген саўғасы шығар, қабыл ет (Ә.Шамуратов).
Айдос бурынлары елден әкелген саўғасынан оны да бир пай етип, сыйлайтуғын еди (К.Султанов).
Әмириме бир қыз саўға етпесеңиз, мени дарға гириптар етесиз (Т.Қайыпбергенов).
Бул қосықты жумыста кишигирим байрамларда айтып, саўғалар да алғанман (М.Нызанов).
2. аўыс. Олжа, дәўлет.
Жаның саўға қурымсақ, Қайт кейниңе жаның өзинде турғанда («Алпамыс»).
Ғыжымы мойын тығылып, Бас жатыр жан саўғалап, Сатқың қуйрық қубылып, Сыртта жатыр «мында»лап (И.Юсупов).
Қыздың алдына түсип, өз басымды саўғалап киятырғаныма хүждан азабы қыйнап келер еди мени (М.Нызанов).
Жаныңды саўға етип берейик, — деп күлиседи қарақшылар (К.Кәримов).