⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САБАҚ I

Қарақалпақша

ат. (а. — тартысыў, жарыс). 1. Сабақ, шынығыў, билим, пән, бир пәнди оқытыўға арналған оқыў ўақыты. Бир күни түнги ўақыт Рейипназар сабағын таярлап болды да кәтке шығып жатып қалды (Ө.Хожаниязов). Әўеле ең қыйын рақ сабақ арифметикадан мәселе шығарды (Ө.Айжанов). Таза сабақ өтип, соны биразға дейин түсиндирди (Т.Қайыпбергенов). Бизде «актёрдиң тапқырлығы» деген сабақ болатуғын еди (М.Нызанов). 2. аўыс. Үлги, ибрат болатуғын, турмыс тәжирийбесин асыратуғын ис, ҳәрекет, ўақыя, қубылыс. Бул нәрсе соңғылықта өзиңизге улкен сабақ болады (А.Бекимбетов). — Айдос балам, кеширим сора, атаның қәтелиги улға сабақ болады (Т.Қайыпбергенов).
1. Кийим хәм басқа да нәрселерди тигиў ушын арналып иеленген жиңишке жип. Кендирден жиңишке сабақ есип, малақайымның қулағын тигип алдым (Ж.Аймурзаев). Оның үстине қолына ийне алып, сабақты жип өткерип көрмеген, бир баў камыс қырықпаған, бир тал отын шаппаған, жаны пардозда өскен қыз (К.Султанов). Ол кызыл, көк, сары сабақлар менен кестеленген орамалын жыйнастырып, шай кайнатыўдың тәтәрригине киристи (Ө.Хожаниязов). 2. Жиңишке пақал, пәлек. Гейде булт астынан туўлап шыққан ай, сабағынан үзилген сары жамбылшадай жарқ етеди (К.Султанов). Иелер көк талшықлы тири сабақтан, Мөлдир суў бетине өрмегин шалып (И.Юсупов). Қолында енди ғана сабағынан үзилген ақ хәм кызыл реңли, хош ийис тарқатып турған роза гүллеринен жасалған гүлдәсте, ал ийнинде Версачье модалар үйинде мениң буйыртпам менен тигилген қымбат бақалы смокинг (К.Кәримов). 0 Сабаққа илиниў – өмир-күниниң таўсылыўы, әжелиниң жетиўи. Ғарры бир сабаққа илинип жатар еди (М.Нызанов).