⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЙРАҚ

Қарақалпақша

ф. 1. Қуслардың жағымлы ҳаўаз шығарыўы. Бүлбилдиң тийкарғы кәсиби — сайраў, Оның үнинде бар сырлы қайталаў, Қосығымды бир рет мен қайталасам, — О, бүлбил, не ушын журт күлер маған? (И.Юсупов). Сайраўдан өзге қайғысы жоқ (К.Көримов). 2. аўыс. Тынбай сөйлеў, былшылдаў. Кеўлиндеги табылып, бүлбилдей тили сайрады («Мәспатша»). Сергей бир стакан виноны симирип ишип, азырақтан кейин немислер менен қалай урысқанын сайрап кетеди (М.Нызанов). 3. аўыс. Шеберлеп қосық айтыў. Қосық айтып қуўанып, шадлық пенен сайрадық (Ж.Аймурзаев). 4. аўыс. Ис-ҳәрекеттин, ўақыяның бағдарын билиў, түсиниў. Ҳәзирше көкирегим сайрап тур (М.Нызанов). Көкирегим усылай сайрап, түргелип кете жазладым (Т.Қайыпбергенов).