⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЛБЫРАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир нәрсениң төмен қарай асылып турыўы, түсиўи, илинип, ийилип турыўы. Ал, бахыт дегенниң өзи көктен салбырап түспейди, жерден көғерип шықпайды (Ө.Хожаниязов). Белиндеги салбыраған қылышын қолы менен ысырып қойды (К.Кәримов). 2. аўыс. Кейпиятының болмаўы, кеўлиндеги, ойындағы жумысының питпеўи, орынланбаўи. «Абайлаң!» деп табытымды қорғалар, Бирақ, соңыра ол да ынжылып қатты, Майдансыз мәрт қусап, салбырап барар... (И.Юсупов). Ел сыйлар басшыны «яшуллымыз» деп, Басшыдан айбынып қосшы албырар, «Жалған нота шертип қойғанлар» терлеп, Бюро алдында турып басы салбырар (И.Юсупов).