САЛЫСТЫРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир неше нәрселердиң бир-биринен парқын анғарыў, билиў.
Еки өмирди салыстырып жырлаў — Аббаздың улыўма шайырлық усылы (Г.Есемуратов).
Салыстырып көрсе мал нырқы Бухара базары менен салыстырғанда әдеўир арзандай көринди (К.Кәримов).
2. Таярлаў, тайын етиў.
Тезирек төсек салыстырың деп ҳаялларды қыстастырады (К.Султанов).
3. Бир нәрсени екиншисине орналастырыў, салыў.
Қазандағы шәўлени табаққа салыстырып атырған келини абысынының бул пинхамы сөзин қашшан-ақ сезип еди (К.Султанов).