⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЛҒЫРТ

Қарақалпақша

ат. Салық, төлем. Хийўа хан каст етип, посты журт қаңғып, Малсыз жарлыларға түсти көп салғырт, Узыны келискен жүўан бир арғыт, Саны жүз сапасыз талдан жақсырақ (Бердақ). Өзлери есапқа бермей жүрген отыз мыңына салғыртын салса салсын (Т.Қайыпбергенов). Оған себеп бириншиден, Кулымбет бийликти алған соң қол астындағы алыс жатқа салғыртты батыра салса, екиншиден, алдында жол салып кеткен устазынан алған тәлими бойынша ол да: «Айдос болып, ханға жаранаман» деп, бийлик қамшысын шыйрақ услады (К.Султанов).