САЛҚЫН
Қарақалпақша
кел. 1. Ҳаўа райы температурасының суўықтан, аяздан төменлеўи.
Гүздин кирғенин хабарлағандай бүгин күн бирден салқын тартты (К.Султанов).
Гә қар, гә жаўын нәўбетлесип, ашшы қуяш шыққан бултсыз күнлери таў кәнарлары сел болып ағады, сәл салқын тартса, баяғы қәддине түседи (Т.Қайыпбергенов).
Мейли, бул жер болсын ыссы, я салқын, Бунда жасар мени туўдырған халқым, Өзиме қыймаған жанымды, бәлким, Бул елге бер десе — мен оған таяр! (И.Юсупов).
2. аўыс. Немкурайды, бийпәрўа, итибарсыз.
Ол өз жумысына күтә салқын ҳәм салақ қарайды (А.Бекимбетов).
3. аўыс. Кейпиятсыз, ашыўлы, суўық минез көрсетиў.
Буннан соң Сарыгүл Назлы менен салқын хошласып, аўылына қайтты (К.Султанов).
Мурат шайық күтә салқын кейип пенен, сары шекпениниң жағасын қаўсырмаған, көкиреги жүнлес, тапалтас, қара сақаллы, бир бийғе ым қақты, хан атланаман дегенше сол көкиреги жүнлес бий бир қара ғунанды жетелеп өкелип ханның алдына кесе тартты (Т.Қайыпбергенов).
0 Салқынын салыў — адамды жин урыўы, психологиялық өзғерислерге ушыраўы.
Бундай ўақытта суўда суў пери шомылып жүреди.
Перилер келген адамға салқынын салады деген әпсанаўий ырым бар (М.Нызанов).