САРСАҢ
Қарақалпақша
ат. (п.
— бастағы исик, мий айланыў, менингит).
өз жолын таба алмаған, адаскан, хайран, әўере.
Болар исти биледи, Жеккеликтиң сарсаңы («Мәспатша»), Достына капа болған Төреш сарсаңлықта Жумабайдың қарасы семгенше дәрьяның жағасында қалшыйып тур... (К.Султанов).
— Набада ғаўға басланса, ябы урыўы таярлықсыз қалмасын, — деди де, үйине келип, мийин сарсаң қылған ҳәр қыйлы ойлар менен ертеңине түске дейин-ақ уйықлай алмай, жатырғанында, Қоңырат урыўынан Айтуўған жасаўыл келип, даўрық турғызды (Т.Қайыпбергенов).
Нөзийпа еки ойдың ортасында сарсаң болды (К.Кәримов).
Кулласы, усы гүржиниң әўере-сарсаңынан үш ай тынышым бузылды (М.Нызанов).
0 Сарсаң кесек — а) ақылынан, есинен айырылыў, әўереси шығыў.
Мине, кәрип отырсаң, еңбеклеген баладан еңкейген ғаррыға шекем қанша сарсаң кесек болды (К.Султанов).
б) адамларға, халыққа кесеклетип урдырыў.
— Марапатқа тойынып өз халқының арын сатқан бундай шөже қоразды сарсаң кесек қылып өлтириў керек, — деди шайық (Т.Қайыпбергенов).