САРЫ
Қарақалпақша
кел. алтынға усаған түс, рең.
Аяғында сары телетиң туфли (Т.Қайыпбергенов).
Еңгезердей ири денели, кустың пәриндей қыяқ мурты бар, шийкил сары жигиттиң бул түнергенин ҳәр ким ҳәр нәрсеге жорады (К.Султанов).
0 Аўзының сарысы кетпеген — жас, гөдек.
— Аўзыңнан сарысы кетпеген палапан түсинбейсен (Т.Қайыпбергенов).
Сары алтын — сазан ямаса балық.
«Қәне, алып жибериң, қәне, болағойың, бул балық емес, сары алтын ғой, сорпасына бир тойсаң, шаршағаның умыт болады» деп жедел куўат береди (К.Султанов).
Бағ-бақшалар сырғып ырғалған жерлер, «Ақ алтын», «сары алтын» нурлаған жерлер, Бүгин көрсең, қырда қалған балықтай, Қарабарақ шығып, сорлаған жерлер (И.Юсупов).
Сары аўыз — жас, гөдек, нәресте.
Жетим қалған сары аўыз палапан, Қайдан сезсин не екенин алақан? «Егер түсип кетсем, жуўап бересең!», Деп еле шүйкилдеп турғандай маған... (И.Юсупов).
Сары аяз — ақыраян суўық, тәбият қубылысы.
Сақылдаған сары аязлы январь, Бетлемеген оған жанлы жаныўар, Муз уласып, Қыраў шашып, Қар басып, Қыр дөгерек зорға көзге шалынар (И.Юсупов).
Сары қайғы — уўайым, хәсирет, қапашылық.
Усылай сары қайғыда сарсылып жүрген Сәлийманың бирден алағадасы басыла қалды (К.Султанов).
Сары қарын — орта жастан өткен, үлкейген, кемпир ҳаял.
Еркеклердиң атын кемпир сары қарын қатын сен айтқанда кеше түскен келинлер не демейди (К.Султанов).
Сары уўайым — қайғы, хәсирет, қапашылық.
— Келинжан, - деди бир күни енеси, — сары уўайымға сарсылып өлерсең (К.Султанов).