САРҚЫРАЎ
Қарақалпақша
ф. Сес шығарып қатты ағыў.
Сарқырады каналлардың сағасы, Көк жайылды Әмиўдәрья жағасы (Т.Сейтжанов).
Еки жағасын жалап сарлап аққан ағыс гейде қайнаўытлап, гейде жыландай ийрим тартып, гә сызылып, гә сарқырап бурқасынлай ма, әйтеўир бир шығанақты айланаман деғенше жүз кубылып, мың муқамға дөнеди (К.Султанов).
Сенде сарқыраўы күшли ағыслардың, Сеннен жуўсан ийиси танаўға урар, Сенде наў қарағай нар қамыслардың, Миллион сыбызғының сылдырлысы бар (И.Юсупов).