⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САТЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Затты пулға алмастырыў, затты пулға бериў. Ол қалаға барса, алды менен китап сатып алып келеди (Ж.Аймурзаев). Егин-пегинди жыйнаған соң базарға барып ғәлле-пәлле сатаман ба деп отырман (К.Султанов). Театрлар аншлагтан, Силелери қатар еди, Дотация сорамастан, Тынбай билет сатар еди (И.Юсупов). Ертең дөнимди сатып болып, тоғыз теңгенди қолыңа қуўыстыраман (К.Кәримов). 2. аўыс. Сатқынлық етиў, душпанлық ислеў, қыянет етиў. Сен де бир өмир тентеги, Ышқыны сатқан қара бий (Т.Сейтжанов). Бул тарийхта ең бир сыналған тәсил, Барлық ўақта мәртти нәмәртлер сатар, Ағайинди азғырғанда Әзәзүл, Бет алдыннан емес, арқаңнан атар... (И.Юсупов).