⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЕКИРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Пүткил денени ырғытып, кескин ҳәрекет етиў, төменге, жоқарыға ямаса бир неше адым арыға өзин атыў, ғарғыў, ырғыў. Секирип түстим бақшаға, Көз тартты жемис толқыны (И.Юсупов). Баржы жағада турған соң солдат жигитлер секирип далаға шықты да, кими аўқат жеп, кими папирос шегип отырды (К.Султанов). — Бул да әлди! — деп бир атлы секирип түсип, оның қойнындағы жарлықты ала сала атына секирип минди (Т.Қайыпбергенов). 2. Шоршыў, үркиў. Таң алдында, «Мурат шайық өзин қудыққа таслап өлипти» деген хабарды еситип, екеўи бирден, төсегинен жылан шыққандай секирди (Т.Қайыпбергенов). Қай жерде қойлар қаттырақ аспанға секирип атса сол жерге жетип бараман (М.Нызанов). 0 Сезикли секирер — ислеген жаман қылығы ушын қәўетерлениў, өзин айыплы деп санаў, есаплаў, шоршыныў. Сезикли секирер, шекпенли отырар (кқ.х.н.).