СЕЛДИР
Қарақалпақша
кел. Сийрек, алағат.
Менмен болма Пиримбайдай, Кудайым етпесин ондай, Селдир болып сеңсең тондай, Сылбырап ҳәм жүрме, балам (Бердақ).
Ким екен ол, жол баслаўшы бул киси, Неге ойнар бет-аўзында күлкиси? Орта бойлы, селдир сақал, қызыл жүз, Биреўлерге... усап тур ғой түр-түси (И.Юсупов).
Ажары қара пәрәң, селдир сақаллы, муртын суўпынамай етип, еки уртына қойған, келбетли адам (К.Султанов).
— Ҳәзир сонысы дурыс, — деп Аманлық өсик селдир муртларын сыйпап, селк-селк күлди (Т.Қайыпбергенов).
«Сенин әкең тап ана Амангүлдиң кисисине усаған, ат жаклы, селдир сақаллы, сымбатлы киси еди» деп тәрийиплеп берер еди апам (М.Нызанов).