СОПАҚ
Қарақалпақша
кел. Узынша, сүйир, соррыйған.
Отырсаң боларсаң опақ, Турсаң боларсаң соп-сопақ, Күнлер қайда апақ-шапақ? Әўере болған өмирим (Бердақ).
Собырайған сопақ бойы бар, Ойлаған бузық ойы бар (Әтеш).
Аўыл арасында жүрсе биреўлер оны әжиўалап, сыртынан күлип турғандай сықақлағандай, жабықган сығалап әлле ким ермеклегендей — қулласы, хәмме оны «отырса опақ, турса сопақ» етип масқаралап турғандай өз-өзинен қысылады, сыртка шықса кеўил жабығып, еңсеси түседи, отырса ой шырмаўығына оратылады (К.Султанов).