⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОҒЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Дүзетиў, ислеў, жасаў. От-шөп орыў, қора соғыў жумысы да усылардың мойныңда еди (К.Султанов). Жаз болса төбесине қос соғып, гейде дем алыўға да болады (Т.Қайыпбергенов). Скульптор болғанда мен, Қара таўға шығар едим, Аяз қаланың мәрмеринен, Сүўретиңди соғар едим (И.Юсупов). Ақыры, «сендей досты ылаңдан соғып алғаным жақсы» деп телефонын өширди (М.Нызанов). 2. Урыў, кыймылдаў, ҳәрекет етиў. Жүреги дүрс-дүрс соға баслады (Ө.Айжанов). Тамырларының соғыўы етимди қыздырып баратырған сыяқлы (Ө.Хожаниязов). Апалақлаған кеўиллер ҳаплығып, жүреклери шәўкилдеп соғады (К.Султанов). Ибрайым дер: жаным қурбан, Дослық десе ҳаллас урған, Сениң ушын соғып турған, Геўдемде бир жүрегим бар (И.Юсупов). Уақыт жақындаған сайын адамларда жүрек ақырын соғады (Т.Қайыпбергенов). Нормал жүрек минутына 72-76 соғыўы керек (М.Нызанов). 3. Тийиў, дүгиў. Дәрьяға нәзер салса, қәҳәрли толқын «туңғыйық тереңге батырып жиберемен», — дегендей әўпилдеп жарға соғып айбат етеди (К.Султанов). Теңиз гүўлеп соққанда қырға, Тас үстинде жалғыз қыз көрсем (И.Юсупов). 4. Тоқтаў, ушырасыў, жолығыў. 5. Айтыў, қойып салыў. — Не, Қосыбай соғып отырғаның? Ҳәзир салғырттан бас тартыўшылар дарға асылып атыр (К.Султанов). 0 Барып соғыў — жетиў, апарыў, нәтийже бериў. Ол кешеги сөздиң ақыбети нелерге барып соғатығынына еле түсинбеди (Ж.Аймурзаев). Пәтия соғыў — пәтия ислеў. Ахмет азығын соң барып, пәтия соқты қол жайып («Юсип-Ахмет»). Жүрек соғыў — тартыў, жақын көриў. Мениң өзим атызда жүрген менен жүрегим ағаң бетте соғады (Ө.Хожаниязов). Мейли соғыў — бейимлесиў, сол ишти ислеўге ҳәрекет етиў. Енди өзинше жаңадан қосық қурастырыўға мейли соғып тур (К.Султанов). Аўыр соғыў — қыйын болыў, азан болыў. Жылдан-жылға колхоздың маллары өсип саўын сыйырларды бағыў бир падашыға аўыр соғатығыны болып қалғанлықтан, Нуржан ғарры сол жылы ферма баслығы менен сөйлесип, қызы ушын арнаўлы Ақбоз деген ат сорап, оны өзине жәрдемши падашы етип алды (Т.Қайыпбергенов).