СТАНЦИЯ
Қарақалпақша
ат. 1. Темир жол бойында поезд басқа да транспортлардың тоқтайтуғын орны.
Жағыстан шығып, станцияға шекем узын-қуйын шаўып отырған аттың тери тирсегине тамшылады (К.Кәримов).
Станцияда быған-жыған адам (М.Нызанов).
2. Бир аймақта арнаўлы ўазыйпа алып барыўшы, хызмет көрсетиўши ямаса илимий-тексериў жумысларын алып барыўшы мәкеме.
— Ҳе, енди ҳаўа район бақлаў станциясына исенетуғын болдың ба? — деп зәҳәрли көзлерин қадап, тунжырап турды (К.Султанов).
...Турды компрессор станциясы, Даланы қабынбас бастионындай, Мәрт шофёрлар қыя шөллерди басып, Курылыс материалын тасып жүр тынбай (И.Юсупов).
3. Бортында илимий әсбап-үскенелери болған космослық аппарат.