⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУҒЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Тығыў, түйреў, салыў, киргизиў, ийтериў. Сур қанжарды қайрап кектиң таўына, Салсам деген едим халық жаўына, Айтқанымдай сол сөзимнен бир шықтым, Оң жамбастан бир суқтым, Мақсым келип иликкенде аўыма (И.Юсупов). Ал, қасақана Зияда шыққан гезде, я Өмирбай, я бир жолдасы утюгленген қара шалбарының қос қалтасына қолларын суғып, шәлтийип турады (Т.Қайыпбергенов). Ол маған ызғарлы түрде: ана, келгинди нашарың излеп атыр, деп жүрегиме ништер суғып алатуғындай (М.Нызанов). 2. Келиў, кириў. — Бул не даўрық? — деди есиктен басын суғып Мәтеке ғарры (К.Султанов). Базда ол сабақ оқытып атырғанда биреў есиктен бас суғып намазға айтып намаз хабарын айтса, сол өли ушын молламыздың шыннан қыйналғанын да, қуўанғанын да билмеймиз (Т.Қайыпбергенов).