СЫЙҚЫ
Қарақалпақша
ат. Келбет, түр, пишин, шырай.
Пәри түсип қыяғынан, Сыйқы кетип сыяғынан, Тикен тырнап аяғынан, Қанатқанда қаны болмас (Бердақ).
— Қарны гебежедей, сыйқың қурысын! (К.Султанов).
Мен шәҳәрге қалай бараман, үстим болса алым-жалым, адамлық сыйқым жоқ (Қ.Айымбетов).
Таллар жапырақ төкти, урықлар қуўрап, Тек те атқулақлар жаўдырасады, Азан-ғазан ала ғарғалар шуўлап, Аспан қумайтланып, сыйқы қашады (И.Юсупов).
Соған шекем тилиң сынып, дәрўазаманлардың тилинде сөйлейтуғын боласаң, оларға түйиншик аўыстырасаң, болмаса, мына сыйқың менен сарайға киремен деп дәмеленбе (Т.Қайыпбергенов).
Ҳәзирги сыйқына қарап турған адам бул кисиниң кешеги күни сондай болғанлығын айтса инанбайтуғыны турған гәп (К.Кәримов).