СЫПЫРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тазалаў, шарлаў, сыйырыў, артыў.
Патша тандырды көриўге кетип баратырса, бир кемпир есигиниң алдын сыпырып атыр екен (ққ.х.е.).
Суўдың түбин сыпырып киятырған аў томарға илинсе, дузақтан айырыласаң! (К.Султанов).
Қаңырап қалған сарай саяларында, Жатты Шөл тәңириси сыпырып терин, «Адам деген найсап, әстапуралла, Сезип жүр екен ғой дүньямды мениң!» (И.Юсупов).
Маңлайының терин алақан менен сыпырып, аппақ тислерин көрсетип күлип тур (Т.Қайыпбергенов).
Ал, өзиниң аты Асқар, — деп баққал тар дүкәнның ҳаўасы аўырласып кеткенликтен тершиген маңлайын дуўқат шапанының жеңи менен сыпырып (К.Кәримов).
Диван кроваттың үстине тақлаўы менен турған бет-қол сыпыратуғын, аяқ сүртетуғын, жуўынатуғын сүлги, көпшик қап, простина ҳәм одеяло қапларды таслады (М.Нызанов).
2. Алыў, сыйырыў, шешип алыў.
Урадағы дәнин, қорадағы малын сыпырып алдың (К.Султанов).