СЫР
Қарақалпақша
ат. (а.
— жасырын нәрсе ямаса гәп, кэўши).
Өзгелерден жасырын тутылған ис, гәп, зат, билинбеген ишки хәрекет (минез-қулық).
Аттың сыры ийесине мәлим, қыздың сыры төркинине мәлим (нақыл).
Жаманларға сырыңды айтпа, Келген жерде сөзден кайтпа, Достынды хасла муңайтпа, Душпанынды мата, балам.
(Бердақ).
Жоқ, тыңдаңыз, олай емес, басқаша, Дәрья сырын мен айтайын досларым (Ә.Шамуратов).
Енди қалай да сыр бермеўге тырысты (Ш.Сейтов).
— Кимнен қорқасызлар? — деди Менлимурат ага бизлердиң сырымызға түсинип (Т.Қайыпбергенов).
Жер — биз ушын еле мыңнан бир сыры ашылмаған планета (М.Нызанов).
Тек бийшара Өлмесектиң бир өзине ғана аян пинҳамы сыр еди (К.Кәримов).
0 Сыр минез — жүдә таныс, сырлас, қылығына таныс, билис.
Оның менен жастан сыр минез болып өскен (К.Султанов).