СЫРТҚЫ
Қарақалпақша
кел. 1. Бир нәрсениң арқа тәрепи, таманы, екинши бети.
Патшалық шәҳәр Хийўаны сыртқы жаўдан сақдаў ушын үлкен дийўал салынады (К.Султанов).
Айна тек те көрсетер сырт жүзинди, сыртқы шырай — шарқ урған бир шағала, Егер толық көргиң келсе өзиңди, Жүрегимниң айнасынан сығала (И.Юсупов).
Аўылдың сыртқы көриниси де, иши де өзгерди (Т.Қайыпбергенов).
Сыртта «Хундай» маркалы «тез жәрдем» машинасына марҳумнын денесин мингизип, сыртқы есигин жаўып атыр екен (М.Нызанов).
2. Оқыўдың, билим алыўдың түри.
- Институтты бирге питкердик-ғо, сырттан (М.Нызанов).