⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЯ

Қарақалпақша

ат. (п. — қара, қараңғылық). Хат жазыўға арналған бояў, ҳәр қыйлы реңдеги суйықлық. Сыясы дақ түспеген таза сыя, Дуўасын тапсаң болар дәртке даўа (Әжинияз). Тас дәўет гөне бөзден қапланған, сыясы тары дан бәрин таслаған (С.Нурымбетов). Мийиздей қара көз, қар үстине тамған қара сыядай, ғаз омыраў төси қайқайып, үш таллап өрген еки бурым қара шашы атлас орайпек пенен қолдан көгерген қызыл-ала гүлдей ғайры нағысланып тур (К.Султанов). Келешекти үмит пенен болжаған, Урыстан соңғы жыллар еди ол заман, Отсыз жайда жазыўға қол жуўыспай, Дәўетине қуйған сыяң тоңлаған (И.Юсупов). Үйиңе барып қәлем-қағаз, сыя саўытынды сазлап отыр (Т.Қайыпбергенов). Мийнет дәптершесинде жумысқа алыў қаққында сыя менен жазылған бир буйрықтан басқа ҳеш нәрсе жоқ (М.Нызанов).