⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫҒЫЎ

Қарақалпақша

ф. Қысыў, бураў, таўлаў, суўдың ағызыў. Ең қапылды дегенде көйлеклерин суўға малып, шала сығып кийеди (Ө.Хожаниязов). Аналардың ақшам жолларға шығып, Бозлаўлары жасқа жаўлығын сығып, Қаўышпаған қушақ, жесир дастығы, Қарындастың сынсыўлары камсығып... (И.Юсупов). Енди ҳәр күни анар таўып келип, сығып суўын аўзына тамызсам, жалманып жутады ҳәм бас ийзеп алғыслар билдиреди (Т.Қайыпбергенов). Ол жабадай қоллары менен шарўанын қолын услап алып, сығып жиберди (К.Кәримов). Көйлегим терден сығып алғандай болып үйге қайттым (М.Нызанов).