СҮЗИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Басы, шақы менен ийтерип дүгиў.
Сузиўге қолайласқан қошқардай Аллияр менен Суртайша кейнине шеғинди («Қырқ қыз»).
Бас жибин қоймайды күнде үзеди, Өзинен басқаны көрсе сузеди (Бердақ).
Еки колы менен айырып, ғеллеси менен қамысты қошқардай сузеди (К.Султанов).
Биреўи сузип «дүк» етсе, Биреўи аяқ сермеди, Мүйизлери айқасып, Хеш бири жол бермеди (И.Юсупов).
— Өгиз бенен өғиз табысып баспакдарды сүзди, — деди (Т.Қайыпбергенов).
2. Суйықлықгы ямаса затларды тордан, сүзгиштен өткериў, сүзгиш пенен алыў.
Ол шолпыны бир-еки сүзип, алтындай сары қабыршақ сазанларды муздың үстине таслады (К.Султанов).
Я сүздиң бе сары алтынның қырманын, Бас саны көбейип, өстиме малың? Я балық сүздиң бе Арал теңизде, Жүрдиң бе я мағлыўматта ең изде? (И.Юсупов).
3. Қырман атыў, дәнди патаслыкдардан тазалап алыў, зүрәәтти жыйнаў.
Өлгейсизлер сеспей қатып, Үш- төрт тойдың қарап жатып, Өзиң жыйнап, айдап, атып, Сүзип каплап бердиң бизге (Бердақ).
Я сүздиң бе сары алтынның қырманын, Бас саны көбейип, өстиме малың? (И.Юсупов).
4. Кешиў, өтиў.
Сырт жағында суўпы алып қолайды, Паяпылдан пири суўға кулайды, «Нәлет болсын, бездим сендей найсаптан», Деп мантығып ийшан сүзди ылайды (И.Юсупов).
Маман бий ерде дүзиўленип отырып, ылай сүзип жолын даўам етти (Т.Қайыпбергенов).
0 Көзин сүзиў — наз бенен караў.
Қыз ақырьш тартып басын, көзин сүзип, керип қасын (А.Шамуратов).
— Ҳим! — деди де сазарып, қасларын керди, оннан соң көзин сүзип, жыйнаўлы көрпениң астына тығып, Қәлийлаға төсек салды (К.Султанов).
Гүлистан! Нәзер сал сен, анаў ески шығыста, Азап шеккен көп еллердиң халқы бар, Онда қызлар көзин сүзип алысқа, Торга түскен қумыры кустай талпынар (И.Юсупов).
Көзин сүзиў — шаршаў, ҳәлсиреў.
Тәбияттың шуўылдысын жақтырмай кулағын тығып, көзин сүзип малтаңлап адым басып бир киси дәрьяны жағалап киятыр (К.Султанов).
Шайық усылай десе де, ғарры көзлерин сүзип, ойланып қалды (Т.Қайыпбергенов).
Аспансүзиў — бийиклеў, бәлентлеў аспанлаў.
Бар еди әжайып бостан, Ханға сейилгәх гүлистан, Байтереклер сүзип аспан, Бүлбил сайрап турған екен (Бердақ).
Көк сүзиў — бийиклеў, бәлентлеў, аспанлаў.
Сорап жүрмең «бул қайсы жер» деп бизден, Пайтахт жатқан жеримиз бар шексиз кең, Ақ қайынның көк желқомын жел үрлеп, Зәўлим бийик карағайлар көк сүзген (И.Юсупов).
Сүзип кириў — тындамастан, бастырып, мирәтсиз кириў, шақырылмаған ўақытта барыў.
Айсәнем күн батарда е ки баў қамыс қырқып, ушлығын тамызыкдап жағып отыр еди, енди түбир жағын әкелейин деп, орнынан тура бергенде, биреў есикти сүзе кирип, оң жапсарға ларс етип қулады (К.Султанов).
Бурын да депутат болып көргенмен, Сайланарда мен де ўәде бергенмен, Наказларды бежерсем деп, айтысып, Талай есиклерди сүзип жүргенмен (И.Юсупов).