СҮЙЕК I
Қарақалпақша
ат. 1. Адамдардың ҳәм жанды-жаныўарлардың денесиниң негизги қатты бөлими, дене скелети.
Қақшыйып қыйынлыққа төс кериўли, Билмейди қула дүзде сескениўди, Салмағы мысалы пил сүйегиндей, Сүйемен шөл перзенти сексеўилди (И.Юсупов).
Аты да, өзи де сылынып, сүйеклерине тақалған (Т.Қайыпбергенов).
2. Қараўйдиң керегеси, корпусы.
Жаңа отаўыньщ сүйеги соғылып питиўден кими баў-шуў берди, кими көрпе-төсек берди (Т.Қайыпбергенов).
0 Ети сүйегине тақалыў — азыў, арықлаў.
— Усы қудайдан тапқырға тийгели етим кетип сүйегиме тақалды (М.Нызанов).
Сүйеги қатыў — ер жетиў, үлкейиў.
Петр бириншиниң хүрметине аты қойылған киши улым Петрдиң сүйеги қатыңқыраса, Воронеж деген қалаға апарып, ағаш усталарына, яғный теңиз, океанларда жүзетуғын кеме, корабльдер соғыўшыларға шәкиртликке беремен (Т.Қайыпбергенов).
Қуў сүйек — арық.
Кексе дийкан қуў сүйек қолы менен азғана куўырмаш алып ҳаялына узатты (К.Көримов).