⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СҮМБИЛ

Қарақалпақша

ат. (а.). Лала гүллилер семьясына жататуғын узын пақаллы жабайы өсимлик хәм оның шоқ болып ашылатуғын шырайлы гүли. Ҳаўазында бардай булақ сылдыры, Мақпал жумсақтығы, гүмис сыңғыры, Көз көзи көлге ымырт түскендей, Талдырмаш бойында талдың сүмбили (И.Юсупов). 0 Сүмбил шаш — узын болып өскен сулыў шаш. Сол күннен баслап ақ тамақ, Шашы сүмбил, юпқа додақ, Қуўанышта болып қуўнақ, Айын, күнин күткен екен (Бердақ). Сүмбил шаш сәўер яр болса, жолымда ол интизар болса (А.Дабылов). Жыллар өтер... Жан жолдасыңның, Сүмбил шашын аралайды ақ, Перзент көрип, қәлем қасының, Әжим басар әтирапын, бирақ (И.Юсупов).