⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СҮРГИН

Қарақалпақша

ат. 1. Ески дәўирлерде мәмлекетлик органлардың қарары ямаса суд хүкими менен жаза ретинде басқа жерде жасаў ушын мәжбүрий түрде бир жерден екинши жерге көшириў, жер аўдарыў, қуўғын. Бириңиз Байрондай еркектиң қысқысында, Керип көксиңизди таў боранына, Патша сүргининде, заң қысқысында, Қанша жәбир келди Пушкин жанына! (И.Юсупов). Сүргинге кеткенимде өзге биреўге тийип кетипти (К.Кәримов). Мектепте оқығанбыз, Тарас Шевченко Арал теңизи бойында сүргинде болған (М.Нызанов). 2. Аўырманлық, қыйыншылық, азап. Сөйтип, шырақларым, былтырдан бери басымызға бир сүргин түсе баслады (К.Султанов). Ана тилим, сен — басқадан айырмам, Сен турғанда мен де әдеўир шайырман, Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай, Бул күнлерге жеткениңе қайылман (И.Юсупов).