СҮллер
Қарақалпақша
ат. 1. Көринис, дене, форма.
Мен жыйнаққа келгенде қуры суллер едим (Қ.Досанов).
Қарсы алдындағы адамның суллерине бежирейип қарап турған Ажар: — Шүкир! — деп салқын пишинде жуўап кайтарды (К.Султанов).
Ябы менен Қоңырат урыўынын арасындағы бир жал бийикликтиң басында қуўыршақтай суллер көрип, солай қайрылды (Т.Қайыпбергенов).
- Мынадан таўтайлақтың мүсинин ислэўимиз керек, — деди пор менен сызылған сүллерди көрсетип (М.Нызанов).
Жандалбасада жулқынган сүллердиң еркекке күши жетер ме еди (К.Кәримов).
2. Бағдар, из.
Қызды артына мингестирип, кешеги жолдың сүллери менен жайырақ жүрип кете бересең (Қ.Айымбетов).
3. Елес, сәўле, сағым.
Қәдирдиң тек қыслаўда адасып қалған ийттей ғана сүллери бар (К.Султанов).
Аталы-балалы еки сүллерди Беркинбай муңлы нәзер менен гүзетип қалды (К.Кәримов).
Көз алдымда маған табыт буйыратуғын баслықтың сүллери елеследи (М.Нызанов).