СӘЎКЕЛЕ
Қарақалпақша
ат. Ҳасыл таслар, моншакдар менен безелген бас кийим.
Қасына келген соң, Сәўкеле кийди басына («Қырқ қыз»).
Басындағы қазына мақпал тақыяның пөпеги, порықтай аппақ жүзине қуйылып, еки бетиниң солғымланған алмасына сәўкеледей төгилип, ажары гүлдей жанып отырған баласына Нуржамал жалт-жалт қарады (К.Султанов).
Ортада ақ жаўлық орамын шешти, Бир әжайып затлар көзиме түсти, «Кестели көк көйлек, сөнли сәўкеле, Ҳәйкел, өңирмоншақ, жарқылық» дести (И.Юсупов).