СӘЖДЕ
Қарақалпақша
ат. (а.
— сыйыныў, табыныў, бас ийип тәжим етиў).
Ибадатта ямаса сыйыныўда диз шөккен халда маңлай ҳәм колды жерге тийгизиў.
Тыйып ғарры көздиң жасын, Сәждесине қойып басын, Берип қызға пәтиясын, Ҳакка дуўа қылған екен (Бердақ).
Уллы руўхы Шекспирдиң, Оған сәжде қылар еди, Гамлет пенен Король Лирдиң, Руўхы шад болар еди (И.Юсупов).