СӘҲӘР
Қарақалпақша
ат. (а.
— ерте таң, таң атар).
Түн ортасы аўғаннан соңғы ўақыт, ерте таң алды, азан.
Сәҳәр ўақта қырлы дүпең атылды, Бенде болып түстим, қолым шатылды (Әжинияз).
Шамы сәҳәр етсәм фәрйад, Бир худаны әйләсәм йад, Уәләдң шул Бердимурад, Ўалидийдур Халмәмбәти (Бердақ).
Сәйир етип мен сәҳәр ўақта, Кирдим бир әжайып бағқа, Жапырақ жамылып аўлақта, Бүлбиллерге сыр сырластым, Самал менен сыбырластым (И.Юсупов).
Өтемурат сәҳәрдетурып, таң намазын оқыды да, Ержанды оятып, сырттан тәмби басты (К.Султанов).
Таң сәҳәрден қара думан болып келген Қоңырат атлылары жекке еменнен өтип тоқтаған еди (Т.Қайыпбергенов).
Таң сәҳәрде көпир үстинде болып өткен кеўилсиз ўақыядан көпшилик хабар тапты (К.Кәримов).