⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ТАБАҚ

Қарақалпақша

ат. Азық-аўқатлық затларды салатуғын темирден, қалайыдан, ағаштан ҳәм басқа да материаллардан иеленген ыдыс. Үлкен асым тыран шабақ, салып жегеним жекен табақ (Күнхожа). 0 Табақ тартыў — тамақ бериў, аўқатландырыў. Он бес ара табақ тартты, Несийбе сол болған екен (Бердақ). Қулымбег бай сыртқа шыққан жасаўыллардың қайда кеткенин билмей, табақ тартыўды тоқтатып отыр едик (К.Султанов). Шаңқай түсте аламанға үшеў ара, төртеў ара табақлар тартылып, тийислилерине геллелер қойылып, қымызлар сапырылып, түстен соң топлым журт тамашаға шығып кетти (Ш.Сейтов). Баспа табақ — китаптың он алты бети.